Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 16.04.2017 15:23
  • 3345

«Актёр» ма ямаса «актер» ме?

Қарақалпақлар мәдениятлы, көркем өнерге қызығыўшы халық. Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театрына қойылған тамашаларды көриў ушын барған едик. Ҳешқашан екинши қабатқа көтерилип көрмеген екенмен. Усы сапары биринши мәрте театрдың екинши қабатына көтерилдим. Жүдә әжайып… Ол жердеги көп жыллар даўамында театр саҳнасында хызмет еткен адамлардың сүўрети жайластырылған екен. Оларды қызығыўшылық пенен тамашалай басладық. Қызығы, олардың аты-фамилиясының төменине қайсы кәсип ийеси екенлиги жазылған. Бирақ, қайсы тилде екенлигине онша түсинбедим. Егер қарақалпақ тилинде болса, онда бул сөзлер, сөзсиз, қәте жазылған. Есимди танығанлы берли қолланып жүрген латын графикасындағы «ё» ҳәриби «yo» деп жазылатуғынлығын кишкене балалар да билсе керек, мениңше.

«Актёр» ма ямаса «актер» ме?

Онда «актёр» сөзи «актер» деп жазылған. Театр – мәденият орайы деймиз. Онда бундай кемшиликлердиң жиберилиўи надурыс. Олардың сүўрет астына жазып қойған сөзлери менен сизлер де танысың. Бәлким сизлер де көрген, бирақ айтыўға уялған шығарсыз. Кемшиликлерди ўақтында сапластырып барыў керек деген ойдамыз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...