Блогер Мирзо Субханов Озодбек Назарбеков тәрепинен «Өзбекконцерт»тиң жыйналысында айтылған пикирлерге өз наразылығын билдирди, деп
жазады Корреспондент Ўзбекистон.
«2017-жыл 2-июнь Өзбекистанның көркем өнери тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын болды. Келешекте бул күнди өзбек қосықшылары кәсиплик байрам сыпатында белгилесе әжепленбеймен. Усы күни Өзбекистан халық артисти Озодбек Назарбеков дәслепки мәрте «қосықшылардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўды» талап етип шықты», - деп жазған Субханов өз блогында.
Көрсетип өтилиўинше, Озодбек жыллар даўамында қосықшылар Мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен ҳүрметсизликке ушырап атырғаны және қосықшылардың хызметинен бийпул пайдаланылып атырғанын айтып, ендиги жағында бундай нәрсеге шыдап турыў мүмкин емеслиги ҳәм Мәмлекетлик илажларда тек ғана пуллы хызмет көрсетиўди жолға қойыў кереклигин де билдирген. Озодбектиң бул талабы басқа қосықшылар тәрепинен қоллап-қуўатланған.
Блогер халық артистиниң бул сөзлерине жуўап сыпатында: «Не ушын сонша жыллар даўамында «қорланып» келген қосықшылар бул мәселени енди көтерип шықты?! Буған не себепши болды?», деп сораў таслаған. «Бәлким буған ақырғы ўақытларда адамлар Озодбек Назарбековты тойларға аз шақырып атырғаны себеп болған шығар. Ямаса қосықшылар Мәмлекетлик илажларда пул өткериў жолы менен қатнасып, өзлериниң финанслық жағдайын жақсылап алыўды нийетлеген бе?», деген пикирди билдирген.
Улыўма алғанда, өз пикирлеримди биреўдиң пулын санаў ушын билдирип атырғаным жоқ, - деп өз сөзин даўам етеди Субханов.
«Жеке өзиме тынышлық бермей атырған сораў: «Не ушын Озодбек Мәмлекетлик шөлкемлер, атап айтқанда, Прокуратураны улыўма түрде жаманлады?» Юридикалық жақтан оның бундай ҳәрекетлери «Мәмлекетлик органларға тийкарсыз түрде ашықтан-ашық ҳүрметсизлик ҳәм дөҳмет» сыпатында баҳаланыўы мүмкин. Бул болса административлик ҳәм жынайы жуўапкершилик белгилениўине себепши болыўы мүмкин».
Буннан соң блогер халық артистине өз мүрәжатын баян еткен:
«Ҳүрметли пуқара О.Назарбеков! Егер Сизди Мәмлекетлик шөлкемлердеги лаўазымлы адамлардың бири қапа еткен болса да, Сиз улыўма түрде бирде-бир Мәмлекетлик органды айыплаўға ҳақыңыз жоқ! Сизди қапа еткен лаўазымлы адамлардың аты-жөнин айтың, дәлиллең, кери жағдайда, Сизиң өсекшиден парқыңыз қалмайды.
Ойланып көриң, Сиздей абыройға ийе адам «прокуратура жаман» десе, әпиўайы халықтың Мәмлекетке деген ҳүрмети қала ма? Прокуратура корпоративине барып, пул сораўға уялған екенсиз, неге ўақыт өткеннен соң олар жаман, сиз жақсы болыўыңыз керек?
Мәмлекетлик илажларда қатнасыў ушын алдын ала банк есап бетиңизге төлем төлеўди усыныс еттиңиз. Бирақ, не ушын күнине бир автомобиль сатып алса болатуғын пулға тең, нызамсыз валютада тойлардан түсетуғын қаржыны басқа исбилерменлер сыяқлы банкке тапсырмайсыз? Өйткени, ҳәр қандай исбилермен, салықтан азат болса да, исбилерменликтен түскен нақ пулды банкке тапсырыўы керек емес пе? Нақ пул бойынша Орайлық банкте дерлик ҳәр күни мәжилис болып өтиўинен сизиң хабарыңыз болмаса керек, ойлаўымша.
Ҳүрметли устаз қосықшыларымыздың бири Муножот Йўлчиева тойларға шығыўды өзине әдет санамас екен. Ҳәттеки, консерваторияға көп ўақытлары жәмийетлик транспортта барар екен. Минекей, сизге қосықшы ҳәм «исбилермен»ниң парқы.
Мәмлекетлик байрамлар, бул ең алды менен, халқымыздың қуўанышлы күни. Көплеген устаз ҳәм жаңа үмитли қосықшылар бул қуўанышты халық пенен бирге күтип алыўды әрман етеди. Оларға пулдың әҳмийети жоқ.
Сизге десе кейинги «Өзбекконцерт» мәжилислеринде «Ғәрезсизлик байрамында адамлар неге қосықшыға пул қыстырмайды?», деп усы дәстүрди енгизсеңиз де, әжепленбеймен.
Тарийхта ҳадал мийнет пенен табылған пулды жерге шашыў ҳәм адамларға қыстырыўды да сол ўақыттағы «исбилермен» қосықшылар ойлап тапқан.
Қосықшылар! Дәўириңиз өтип бармақта, даўысыңыз барында сөйлеп қалың, деп қаламан», - деп жазылған мүрәжатта.