
27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен 24-июнь күни Өзбекистан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң басламасы менен елимиздеги барлық ғалаба хабар қуралларында жумыс ислеп атырған журналистлер пайтахтымыздағы Әмир Темур паркинде экологиялық шембилик өткерди.


