2017-жыл 20-июнь күни Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары оқыў орынларына қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы нызамларды тастыйқлаў ҳаққында»ғы 393-санлы қарары қабылланды.
Қарарға муўапық, магистратура ҳәм бакалавриат басқышына студентлерди қабыллаўдың жаңа тәртиплери белгиленди. Оған бола, жетерли балл топлай алмаған абитуриентлер тест нәтийжелери жәрияланғаннан соң бир ай ишинде арза тапсырыўы керек. Қосымша қабыллаўға абитуриентлер 2 түрли категория бойынша қабылланады деп хабар берди xushnudbek.uz:
1. Топлаған балы қабыллаў балына 4 баллға шекем жетпеген абитуриентлер;
2. 68 баллдан көп топлаған абитуриентлер.
1-түр бойынша топлаған баллары қабыллаў балына жетпегенлер төмендеги контракт пулларын төлеп оқыўы мүмкин:
1) 1 баллдан 2 баллға шекем жетпегенлер ушын – 1,5 есе;
2) 1 баллдан 3 баллға шекем жетпегенлер ушын - 2,5 есе;
3) 1 баллдан 4 баллға шекем жетпегенлер ушын - 3,0 есе.
2- түр бойынша яғный, тест нәтийжелерине бола топлаған балы 68,0 баллдан жоқары болған абитуриентлердиң контракт төлеўи муғдары белгиленген контракт муғдарынан 10 есе артық болыўы белгиленген.
Контракт бир мәрте төленеди. Студентлер биринши оқыў жылын тамамлағаннан соң кейинги оқыў жылында белгиленген тәртипте контрактларын төлеўи мүмкин.
Сахибжамал Есемуратова