
Бүгин 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни. Сәне мүнәсибети менен республикамызда байрам илажлары өткерилмекте. Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында (бурынғы «Түркстан» сарайы) салтанатлы жыйналыс ҳәм байрам илажлары болып өтпекте. Елимиздиң пидайы журналистлерин кәсиплик байрамы менен шын жүректен қутлықлап қаламыз.