Бираз алдын фейсбук социаллық тармағына Жахангер Искердеров «Мәнзиллерге шарлайды жоллар» атлы мақаласын жайластырды.
Онда бүгинги күнде жөнелисли таксилер ҳәм автобуслардың халыққа хызмет етиў дәрежесине сын пикир билдириледи.
Әсиресе, онда студентлердиң сабаққа кешигиўиниң баслы себеби сыпатында жөнелисли таксилердиң ҳәр жерде тоқтай бериўин келтирип өткен. Төменде мақаладан үзинди келтирип өтемиз:
«Биринши мәселе, жолларда бәндиргилердиң азлығы ямаса улыўма болмаўы. Себеби, бәндирги аз болғаннан соң, машина өзи яки жолаўшылардың қәлеген жеринде тоқтайды. Жолаўшылардың қәлеўи есапқа алынғаны жақсы. Бирақ, тийкарғы жәмийет транспорты болған автобусларда бир қанша машқалаларды келтирип шығарады. Себеби, көлик адым жерде тоқтай берсе артықша ўақыт сарпланады. Мәселен, Жийдели Байсын елатында 18 көше бар. Автобус ҳәр көшениң басында ярым минуттан иркилгенде 9 минут ўақыт елат ишинде-ақ сарпланады».
Әлбетте, бул тек ғана бир студенттиң машқаласы емес. Университетте 8000 нан аслам студент болса, барлығының да жеке көлиги жоқ. Олардың көпшилиги оқыўға жөнелисли таксилер менен қатнайды. Ал, көликлер жумысын өз ўақтында басламаўы, ҳәр жерде тоқтай бериўи ҳәм кешке қарай жол кирей ҳақының қымбатлаўы студентлерге қолайсызлық туўдырады. Усы мәселе бойынша студентлерден сорағанымызда олар төмендегише жуўапларды берди.
Сәрбиназ: - Мен Жийдели Байсын елатынан қатнайман. Өзимде автомобиль жоқ, жөнелисли такси менен келемен. Сонлықтан, оқыўға көбинесе кешигемен ҳәм мүғәллимлерден дәкки еситемен.
Азиза: - Мен Адай аўылдан қатнайман. Бизлерде тек 2 дана «61» жөнелисли такси қатнайды. Бизлер бетте халық көп. Көпшилик азанда оқыўға шығады. Оған барлығымыз сыймаймыз. Егер усы жөнелисли таксиден қалып қойсақ, үлкен көшеге пиядалап шығыўға туўры келеди. Бизиң үйден үлкен көшеге шығыў ушын 1 километрден көбирек жер жаяў жүриўиме туўры келеди. Сонлықтан, окыўға кешигиңкиреп қалаберемен. Усындай мәселелер шешилсе, бизлер де сабаққа кешикпей ўақтында үлгерип келетуғын едик.
Глобалласыў дәўиринде бундай кишкене машқалалардың болыўы ашынарлы жағдай, әлбетте. Себеби, өмиримиздиң ҳәр бир минуты, секунды биз ушын қәдирли.
Сахибжамал Есемуратова