
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң шөлкемлестирилиўи менен 27-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары менен «Қызлары бар бизиң елдиң» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.
Зулфия сыйлығының усы жылғы жеңимпазлары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Дене мәденияты» факультети 2-курс студенти Шаҳодат Джуллибаева ҳәм Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи 2-басқыш оқыўшысы Наргиза Утемуратоваларды университет ректоры Ахмед Реймов ҳәм университеттиң ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Инжайым Сейтназаровалар қутлықлады.
Ушырасыў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-марттағы «Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы ПҚ-3581-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди.
Ушырасыўда Шаҳодат Джуллибаеваның анасы Рабиға Сабирова, Айзада Нурымбетова, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Өзбек филологиясы факультети 4-курс студенти, Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазы, «Ёш китобхон» таңлаўының Республикалық басқышының 3-орын жеңимпазы Иқболай Яўмутбаева ҳәм университеттиң Қарақалпақ филологиясы факультети 2-курс студенти, Өзбекистан Жаслар аўқамы стипендиясы жеңимпазы Наргиза Балтабаевалар шығып сөйледи.
Биз де Зулфия сыйлығының лауреатлары болған теңлеслеримизди шын жүректен қутлықлап, оқыўларында табыс тилеп қаламыз.
Сахибжамал Есемуратова