Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.03.2018 13:09
  • 1926

Академиялық лицей оқыўшылары жоқары оқыў орынларына кирсе ямаса кире алмаса оқытыўшыларға қай тәртипте хошамет яки жәрийма белгиленеди?



2018-жыл 23-март күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Академиялық лицейлерге улыўмалық орта билим бериў оқыўшыларын сайлап алыў, оқыўға қабыл етиў, олардың оқыўын көшириў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы уставты тастыйықлаў ҳаққында»ғы 212-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық тастыйықланып атырған Уставқа тийкарланып, академиялық лицейлер жумысына байланыслы бирнеше жаңалықлар енгизилмекте. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.
Академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дарежеси 80 проценттен жоқары болғанда тийисли жоқары оқыў орынлары ректорлары, академиялық лицейлер менен ислесиў бойынша тийисли проректорлар, академиялық лицейлердиң директорлары, оқыўшылары жоқары нәтийже көрсеткен бағдарда оқыў сабақларын шөлкемлестирген барлық профессор-оқытыўшыларға кейинги оқыў жылының 1-январынан баслап оқыў жылы ақырына шекем олардың мийнет ҳақысына 50 процент муғдарында үстеме ҳақы жоқары оқыў орынларының арттырылған төлемли контракт түсимлериниң есабынан әмелге асырылады.
Академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежеси:
- 70 проценттен 80 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 15 проценти муғдарында;
- 60 проценттен 70 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 20 проценти муғдарында;
- 50 проценттен 60 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 25 проценти муғдарында;
- 50 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 30 проценти муғдарында бир мәртелик жәрийма қолланылады.
Интизамлы жәриймалар 2018-2019-оқыў жылы ақырынан баслап академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежесине муўапық тийисли жоқары оқыў орынлары ректорлары, академиялық лицейлер менен ислесиў бойынша тийисли проректорлар ҳәм академиялық лицейлердиң директорлары, оқыўшылары оқыўға кирмеген бағдарда оқыў сабақларын шөлкемлестирген барлық профессор-оқытыўшыларға (хызмет көрсетиўши ҳәм техникалық хызметкерлер буған кирмейди) қолланылады.
2017-2018-оқыў жылы ақырында академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежеси 50 проценттен төмен болғанда тийисли жоқары оқыў орны ректорлары, академиялық лицейлер менен ислесиў бойынша тийисли проректорлар ҳәм академиялық лицейлердиң директорлары, оқыўшылары оқыўға кирмеген бағдарда оқыў сабақларын шөлкемлестирген барлық профессор-оқытыўшыларға (хызмет көрсетиўши ҳәм техникалық хызметкерлер буған кирмейди) бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 15 проценти муғдарында бир мәртелик жәрийма қолланылады.
Академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежесине муўапық интизамлы жаза шарасы қолланылған басшы хызметкерлерге кейинги оқыў жылы даўамында мийнет ҳақысына үстеме белгилеўге жол қойылмайды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...