Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.03.2018 18:05
  • 2013

«Материалды газетада жәрияламайсаң!» Енди журналистлерге бундай доқ урыўлар болмайды



Олий Мажлис Сенатының он төртинши улыўмалық мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам мақулланды.
Нызам тийкарында Өзбекстан Республикасының 1997-жылы 24-апрельде қабыл етилген «Журналистлик жумысты қорғаў ҳаққында»ғы нызамға да өзгерис және қосымшалар киргизилмекте. Бул ҳаққында ӨзА мәлим етти.
Өзбекстан Республикасында ғалаба хабар қуралларының цензураға жол қойылмаслығы нызамда өз көринисин тапқан.
Ҳеш ким журналисттен жәрияланып атырған хабарлар ямаса материаллардың алдын ала келисип алыныўын, сондай-ақ, олардың текстиниң өзгертилиўин ямаса олардың баспадан пүткиллей алып тасланыўын (эфирге берилмеўин) талап етиў ҳуқықына ийе емеслигине байланыслы нормалар нызамнан орын алған.
Журналисттиң мәмлекетлик органлардың ашық мәжилислерине ҳәм ғалабалық илажларына қатнасыўы, журналистлик сырды әшкараламаўы, журналистлердиң кәсипке байланыслы этикалық қағыйдаларына әмел етиўине байланыслы нормалар да нызамға киргизилмекте.
Сондай-ақ, журналистлерди аккредитациялаў мәселеси де нызамнан орын алмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен

Кофе қан басымын кѳтере ме?

Кофе қан басымын кѳтере ме?

    Аз муғдарда (күнине 1-2 стакан) турақлы түрде кофе ишетуғын адамларда қан басымы менен дерлик ҳешқандай