Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.03.2018 18:17
  • 2011

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер Миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң есап бериў ҳәм сайлаў конференциясы болып өтти



Усы жылдың 30-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң үлкен мәжилислер залында Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери Миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң есап бериў ҳәм сайлаў конференциясы болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.



Конференцияны Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институтының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы М.Сарыбаев ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп конференция жумысларын өткериў мақсетинде конференция басшысы, хаткери ҳәм есап-санақ комиссиясы ағзалары сайлап алынды.



Буннан соң күн тәртибиндеги дәслепки Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң 2011-2017-жыллар даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында аймақлық бөлим ресурс орайы координаторы Г.Жоллыбекова баянат жасады. Баянатшы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған Өзбекстан Республикасын 2017-2021-жылларда раўажландырыў бойынша бес тийкарғы бағдар бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы және де Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларын жетилистириў бойынша белгилеп берген ўазыйпалары ҳәм булардан келип шығып исленип атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтти.



Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 603 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем өз жумысларын алып бармақта. Олардың 117 си жергиликли уйымлардың жеке басламалары тийкарында дүзилген болып, солардан тек ғана 25 и миллий ассоциацияға ағза екенлиги атап өтилди. Қолға киргизилген табыслар менен бирге орын алып атырған кемшиликлерге де сын баҳалар берилди. Баянаттан соң республикамыз аймағында өз жумысларын алып барып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары шығып сөйлеп, ассоциация тәрепинен берилип атырған жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаўлардың әҳмийети жоқары екенлигин билдирди. Соңынан ассоциацияның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими жумыслары даўысқа қойылды ҳәм қатнасыўшылар тәрепинен бир даўыстан мақулланды.



Буннан соң күн тәртибиндеги Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясының жаңа редакциядағы Уставы ҳәм структурасы жойбарын додалаў ҳәм 2018-жылда ассоциация жумысларының жол картасы жойбары ҳаққында ассоциацияның Орайлық Аппараты бас мәсләҳәтшиси М.Бобомуродованың баянаты тыңланды.



Баянатлардан соң күн тәртибиндеги шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды ҳәм ассоциацияның гезектеги республикалық есап бериў ҳәм сайлаў конференциясына Қарақалпақстан Республикасынан қатнасатуғын 2 делегат сайланды.
Конференция күн тәртибиндеги мәселелер жыйналғанлар менен бирге додаланып, өз ара пикир алмасылды. Буннан соң конференция өз жумысын жуўмақлады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған