
Жақында қолыма Шыраз Нуратдиновтың 30-июнь күнинде саат 15:00 де болып өтетуғын концертине билет келип түсти. Бул билетлерди алып дыққат пенен итибар берсем, бир билеттиң баҳасы 10 000 сўм, ал екиншисиники 15 000 сўм. Бәлким, биреўи алдыңғы қатарлар, ал екиншиси арқа тәрептеги қатарларға арналған шығар десем, яқ... Қызығы, билеттиң екеўинде де 4-қатар деп жазылған, тек ғана орын номерлери басқаша. Бирақ, еки билеттиң баҳасы еки түрли. Бәлким, шөлкемлестириўшилик жумысларында, билетлерди тарқатыўда биз түсинбейтуғын сырлар бар шығар. Жүдә, қызық…

Сахибжамал Есемуратова