Telegram karinform

Мәденият

  • 17.04.2017 11:54
  • 3150

Математика бойынша дүньяға белгили алым қарақалпақ жасларына билим бермекте

Операторлық алгебралар ҳәм квант итималлық теориясы тараўында дүньяға белгили мектептиң басшысы, белгили математик алым, физика-математика илимлериниң докторы, профессор, академик, Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Шавкат Аюпов қарақалпақстанлы жасларға илим сырларын үйретпекте. Бул ҳаққында ҚМУдың рәсмий веб-сайты хабарлады.



Ш.Аюпов халықаралық математиклер жәмийетшилиги арасында операторлық алгебралар, коммуникативлик емес интеграллаў теориясы ҳәм олардың квант итималлық теориясына енгизилиўи бойынша тереңлестирилген изертлеўлердиң авторы ҳәм жетик қәниге сыпатында тән алынған. Ол ассосиативлик емес алгебралар тараўында жаңа бағдар – Лейбниц алгебралары структуралық теориясының тийкарын салыўшылардың бири есапланады.
Мухтар Ибрагимов, Кәримберди Қудайбергенов, Сәрсенбай Тилеўмуратов, Жумабек Сейпуллаев, Аллабай Арзиев, Рзамурат Жийемуратов, Тилеўбай Қурбанбаев усы алымның қарақалпақстанлы шәкиртлери болып табылады.
Шавкат Аюповқа 2012-жылы Бердақ атындағы ҚМУдың ҳүрметли профессоры атағы берилген.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында