Усы ўақытқа шекем Ташкент қаласындағы «Result» оқыў орайының баслығы болып ислеп атырған Алишер Саъдуллаев Халық билимлендириў министриниң орынбасары етип сайланды, деп
хабар бермекте Корреспондент Ўзбекистон.
Алишер Саъдуллаев Өзбекистан Жаслар аўқамының IV Қурылтайында сөз сөйлеп, жасларға тил үйретиўдиң перспективалары ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевқа өз усынысларын билдирген еди. Президент тәжирийбе формасында мәжилистиң өзинде Алишер Саъдуллаевты Халық билимлендириў министриниң жаслар мәселелери бойынша орынбасары етип сайлаған.
Алишер Саъдуллаев 1994-жылдың 11-июлында Жиззах ўәлаятының Жиззах районында туўылған.
Ташкент қаласындағы Сингапур менеджментти раўажландырыў институтын питкерген. Әлийшер Наўайы атындағы миллий китапхана жанындағыы «YES» клубында 2014-2015-жыллар аралығында жетекшилик еткен.
Мағлыўматларға қарағанда, 1-июль күни Алишер Саъдуллаев жаңа орынбасар сыпатында министрликтиң хызметкерлерине таныстырылған.