Telegram karinform

Мәденият

  • 04.07.2017 14:34
  • 2660

Магистратураға қабыллаўда қандай өзгерислер бар?



Xushnudbek.uz сайты быйылғы жылы магистратура имтиханларына ҳәм қабыллаў процессине киргизилген өзгерислер ҳаққында жазды, деп хабар бермекте Корреспондент Ўзбекистон.
Хабарда жазылыўынша, 20-июнь күни Министрлер Кабинетиниң 393-санлы қарары тийкарында «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққында»ғы жаңа устав тастыйықланған еди. Уставқа муўапық, қабыллаў процесслерине айрым өзгерислер киргизилди.
Ҳүжжетке муўапық, магистратураға төмендеги пәнлерден жазба (ямаса дөретиўшилик) кириў сынақлары (арнаўлы тест сынақлары) болып өтеди:
- Магистратура қәнигелигине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарының арнаўлы пәнлери (екеўге шекем);
- Информатика ҳәм информациялық технологиялар;
- Өзбекистанда демократиялық жәмийет қурыў теориясы ҳәм әмелияты;
- Шет тили (шет тиллери филологиясы, шет тили ҳәм әдебияты бағдарлары базасындағы қәнигеликлер ушын екинши шет тили).
Жаңадан киргизилген информатика пәнинен сынақ 50 баллық системада баҳаланады. Нәтийжеде уулыўмалық баллар муғдарында да өзгерислер болды. Магистратураға оқыўға кириўде ең көп (максимал) топланыўы мүмкин болған балл ендиги жағында 400 ди қурайды. Алдын 350 балл еди.
Және бир өзгерис – шет тили пәнинен кириў сынағында қатнаспай максимал бал берилетуғын жеңилликли сертификатлардың қатарына CEFR бойынша кемминде V2 дәреже ямаса Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен берилетуғын Шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы V2 яки S1 дәрежесиндеги сертификат усынған талабанларға да шет тилинен 50 балл қойылады ҳәм олар усы пәннен өткерилетуғын кириў сынақларында қатнаспайды.
Алдын тек ғана TOEFL бойынша кеминде 58 ямаса IELTS бойынша кеминде 5 балл алғанлығы ҳаққындағы сертификаты болған талабанларға 50 балл берилетуғын еди.

Ислам МАТЕКОВ.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...