
Ҳәр жылы түрли пәнлер бойынша өткерилетуғын пән олимпиадалары жеңимпазлары ўақтынан бурын, имтихансыз оқыўға қабылланады. Усы жылы «Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» пәнинен республика көлеминде жеңимпаз болған 3 оқыўшы ўақтынан бурын студент болыў бахтына миясар болды. Олардың үшеўи де оқыўын даўам еттириў ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин таңлаған. Олардан бири Мехрибан Мәмбетниязова:
«Мен усы жылы «Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» пәнинен өткерилген пән олимпиадасында жеңимпаз болдым. Ҳүжжетлеримди усы университеттиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигине тапсырдым. Себеби, университетте усы тараў бойынша жетик профессор-оқытыўшылар жумыс ислейди. Буған қосымша бул жерде студентлердиң билим алыўы, оқыўы ушын шараятлар жетерли», - деди ол биз бенен сәўбетте.
Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен пән олимпиадасының усы жылғы жеңимпазлары Фатима Узақбаева, Бийбихатша Жолдасбаева да қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигине өзиниң ҳүжжетлерин тапсырған. Бул әлбетте, усы қәнигеликтеги грант орынларының азайыўына өзиниң тәсирин тийгизеди. Демек, усы қәнигеликте мәмлекетлик грант тийкарында қабылланатуғын абитуриентлердиң саны 30 болса, енди оған 27 абитуриент қабылланады. Қалған абитуриентлерге кириў имтиханында әўмет тилеп қаламыз.
Сахибжамал Есемуратова.