Telegram karinform

Спорт

  • 05.07.2017 16:26
  • 2461

Мессидиң жаңа шәртнамасы белгили болды



Каталонияның «Барселона» клубының ҳүжимшиси Лионель Месси өз клубы менен шәртнаманы узайтты. Бул ҳаққында клубтың рәсмий сайтына тийкарланып, Tribuna хабарлады.
Мағлыўматларға қарағанда, аргентиналы футболшы дем алыстан қайтқаннан соң клуб пенен 2021-жылдың 30-июнына шекем арналған шәртнамаға қол қояды.
Алдынырақ тарқалған мағлыўматларға қарағанда, Мессидиң жаңа шәртнамасында Месси ушын төленетуғын пул муғдары 300 миллион евроға шекем көбейтилгени мәлим етилген еди.
30 жаслы футболшы «Барселона» қурамында 2001-жылдан берли болып, 2004-жылы 17 жасында тийкарғы қурамда дебют ойынын өткерген. Ол усы ўақытқа шекем каталониялылар командасы қурамында 583 ойында майданға түскен ҳәм 507 гол урған.
Ол усы ўақыт даўамында 8 мәрте Испания чемпионы, 5 мәрте Испания Кубоги ийеси, 6 мәрте Испания Суперкубогиниң ийеси, 4 мәрте Чемпионлар лигасының жеңимпазы, 3 мәрте УЕФА Суперкубогиниң ийеси және де 3 мәрте клублар арасында өткерилетуғын жәҳән чемпионатының жеңимпазы болған.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған