
Соңғы бир ҳәпте даўамында Нөкис қаласында ҳаўа райы кескин жоқарылап кетти. Соған байланыслы қаладағы айрым балалар бақшалары ўақтынша дем алыс жәриялады. Ата-аналардың берген мағлыўматларына қарағанда, 5-июльдан 10-июльға шекем дем алыс берилген. Бул дем алыс ҳаўа райына байланыслы және де созылыўы мүмкин.
Еслетип өтемиз, социаллық тармақлардағы мағлыўматларға қарағанда бүгин Нөкис қаласында ҳаўа райы 52 градустан жоқары болған.
Сахибжамал Есемуратова