Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.04.2018 10:24
  • 1878

ҚМУдың еки студенти Германияда оқыў ушын грант жеңимпазы болды



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети немис тили бағдарының еки студенти – Оғулнур Атаева ҳәм Айдын Сәрсенбаевалар Германия Федерациясының DAAD бағдарламасы бойынша бир айлық оқыў грантын жеңип алды.
Жеңимпазлардың мағлыўмат бериўинше, бул бағдарлама тийкарында Өзбекстаннан ҳәр жылы жоқары оқыў орынларында оқып атырған 30 студент оқыў ушын Германияға жибериледи. Грантқа қатнасыў ушын студентлерден В1 категориясы бойынша сертификат болыўы талап етиледи. Грант жеңимпазларын анықлаў ушын ҳәр жылы ноябрь айында тест ҳәм сәўбетлесиў өткерилип, март айында нәтийжелери жәрияланады.
- Гранттың тийкарғы мақсети, немис тилин терең үйретиўден ибарат. Мен де усы қысқа аралықта немис тили бойынша өз билим ҳәм көнликпелеримди арттырмақшыман ҳәм келешекте елимиз жасларына дүнья тиллериниң бири есапланған немис тилин терең үйретиўге үлес қосыў нийетиндемен, - дейди университеттиң немис тили бағдарының 3-курс студенти Оғулнур Атаева.
Грант жеңимпазлары грант тийкарында Германияның үш қаласындағы жоқары оқыў орынларында өз билимлерин жетилистириўи режелестирилген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған