Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.04.2018 10:51
  • 1914

Жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссиясына ҳүжжетлерди Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы тапсырыў мүмкин



Быйыл Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине кириў мәмлекетлик имтиханлары ушын ҳүжжетлер сынаў формасында республиканың барлық районларындағы Мәмлекетлик хызметлер орайларында қабыл етилиўи жолға қойылады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри Русланбек Давлетовтың баянатына тийкарланып Kun.uz хабар бермекте.
- Быйыл Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинде оқыў нийетин билдирген абитуриентлер өзлери жасап атырған аймақтағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жоқары оқыў орнының қабыллаў комиссиясына ҳүжжетлерди тапсырыўы мүмкин. Бул жойбардың көлеми келеси жылы кеңейтилиўи ҳәм барлық абитуриентлер районынан шықпай-ақ өзи сайлаған жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болады, - дейди министр Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының XIV улыўмалық мәжилисинде.
Мағлыўмат ушын, мәмлекетлик хызметлердиң ҳәр бир түри бойынша “Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди” принципи тийкарында Мәмлекетлик хызметлер орайлары физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған