Telegram karinform

Экономика

  • 02.04.2018 12:17
  • 2180

Инфляцияның жасырылыўы ямаса Өзбекстанда пул алмаса ма?



Соңғы ўақытларда адамлар арасында пул алмасыўы мүмкинлиги ҳәм инфляцияның күшейип баратырғаны ҳаққындағы мыш-мышларға жуўап алыў, баҳалардың өсиў тенденциясы, инфляция дәрежеси ҳаққындағы пикирлерге анықлық киргизиў мақсетинде ӨзА хабаршысы С.Шоева эксперт, ҳуқықтаныўшы ҳәм экономист Адҳам Шодмонов пенен сәўбет өткерди. Төменде сәўбетти дыққатыңызға усынамыз.

- Пул алмасады екен, деген мыш-мышларға сизиң пикириңиз? Қашан ҳәм қандай жағдайларда мәмлекетлик пул өзгериўи мүмкин? Егер усындай болыўы мүмкин болса, адамлар қанша ўақыт алдын хабардар етиледи?
- Мыш-мышлардан хабардар болыў, белгили бир мәниде сергеклик ҳәм профилактикалық шара сыяқлы тәсир етиўи мүмкин. Бирақ, экономикалық-финанслық ҳәм банк системасында мыш-мышларға емес рәсмий баянатларға сүйенген мақул болады.

- Бизде инфляцияны жасырыў жағдайы болып атыр ма? Баҳалар мәмлекет тәрепинен услап турыла ма? Мәселен, мәжилислердиң биринде Президентимиз гөштиң баҳасы 250 мың сум болыўы мүмкинлигин айтқан еди.
- Президент Шавкат Мирзиёев барлық лаўазымлы шахслар тәрепинен халыққа реал жағдайды ҳәм ҳақыйқый статистикалық мағлыўматларды жеткерип бериў бойынша қатаң тапсырма берген. Гүўасы болып атырғанымыздай, Өзбекстанда инфляция жасырылып атырған жоқ. Өзбекстан Орайлық банки дерлик ҳәр айда халық пенен онлайн формада сәўбетлесиў өткерип, базар баҳалары ҳаққында баянат бермекте.
Баҳалардың өсиў тенденциясы жәрияланбақта, оған муўапық быйылғы жылы да инфляцияның дәрежеси жоқары болыўы күтилмекте. Атап өтиў керек, баҳаларды базар механизмлери тийкарында қәлиплестириў келеси ўақытларда инфляция «жылаўын» тартып турыў имканиятын бериўи тәбийғый есапланады.
Парламентте 2018-жылдың Бюджетиниң қабыл етилиўи процесинде 2017-жылдың жуўмақлары менен 14 процентлик инфляция дәрежеси сақланып қалыныўы бойынша прогнозлар өзин ақлады. 2018-жылы ол 12-13 процент дәрежеде сақланыўына исенимим жоқары.
Ендиликте, ҳүкимет келтирип атырған айрым көрсеткишлердиң перспективалы дәрежеси Халықаралық валюта фондының, Жәҳән банки, АРБ ҳәм Европа аўқамы экономикалық комиссиясының бул бағдардағы прогнозларынан оншелли көп емес – 0,1-0,2 процентке парқланбақта.
Финанс министриниң 2017-жыл декабрь айының жуўмақларына сүйенетуғын болсақ, сыртқы базарлар «ҳаўа райы»на силтеме берип соны айтыў мүмкин, Брент маркалы автомобиль жанар майы орташа 30 процентке қымбатлады. Себеби, көп жыллардан берли биз нефть импортына байланыслымыз, елимизде бензин жетиспеўшилиги де өз тәсирин көрсетти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...