Ҳәр қандай иллетке қарсы гүресиўде ғалаба хабар қуралларының орны айрықша. Әсиресе, нәшебентликке тис-тырнағы менен қарсы гүресип атырған елимизде буның гүўасы болып атырмыз. Нәтийже де соған жараса унамлы болып атыр, деп айта аламыз.
Елимиз шараятында телевидениеде берилип атырған көрсетиўлер, ҳүжжетли ҳәм көркем фильмлердиң тәсир етиў шеңбери басқа ғалаба хабар қуралларына салыстырғанда анағурлым жоқары. Өйткени, онда бир ўақыттың өзинде көринис, даўыс, шаўқым ҳәм текстли материаллар сәўлелене алады. Бундай деўимиздиң тағы бир себеби, елимизде ҳәммениң үйинде компьютери болмаса да, телевизоры бар… Биз иллет деп айтып атырған нәшебентлик бәлесине қарсы гүресиўде де телевидениемиз биринши орында, деп биймәлел айта аламыз.
Деген менен, мәселениң екинши бир тәрепи мени көп ойландырып келмекте. Телевидениеде нәшебентликке қарсы видеороликлерден баслап ҳүжжетли және көркем фильмлерге шекем барлығында бирдей сахналық көринис – нәшебентлик затты қасыққа салып, астына от жағып оны суйылтып, жгутты алып, тамырын байлап, шприц жәрдеминде тайын болған суйықлықты тамырына жиберип атырғаны… Ямаса, кептирилген нәшебентлик затты қағазға орап, от алыстырып шегип атырғаны… ҳәм т.б.
Мине, сизге үгит-нәсият! Нәшебентлик затлардан қалай пайдаланамыз? деген сораўға анық ҳәм толық және эффектив жуўап!
Буның менен мен телевидениени қараламақшы емеспен. Газета-журналларымызда да усы аўҳал – шприц услап, қолына тығып атырған нәшебентлердиң сүўретлери усы тематикалардағы материаллардың дерлик барлығында ушырасады.
Нәшебентликке қарсы гүресемен, алдын алып, тоқтатаман деп қайтама оны қалай пайдаланыўды үйретип атырғанға уқсаймыз.
Булардың орнына басқаша символикалық көринислерден пайдаланыўымыз керек. Мәселен, бул жолдың апатшылыққа, орны толмас жоғалтыўларға алып келетуғынлығын аңлататуғын көринислерди бериў мақсетке муўапық болар еди. Тағы «шаш аламан деп, бас алып» қоймайық!
Ислам Матеков.