Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.07.2017 16:45
  • 2337

ҚМУда магистрантлар ҳәм студентлердиң питкериў кешеси болып өтти



Бүгин 8-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» атамасындағы магистрантлар ҳәм студентлердиң питкериў кешеси болып өтти. Кешени университет ректоры А. Реймов ашып берди.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекистан қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, университеттиң Нураныйлар кеңесиниң баслығы Б.Абдикамалов ҳәм ата-аналар шығып сөйлеп питкериўшилерди қутлықлады, олардың келешектеги жумысларында әўмет тиледи.
Буннан соң питкериўши магистрантлар ҳәм студентлерге салтанатлы диплом бериў мәресими болып өтти.
Быйылғы оқыў жылында 41 бакалавр тәлим бағдары бойынша 1944 студент ҳәм магистратура бөлиминиң 20 қәнигелиги бойынша 86 магистрант табыслы питкерди.



Қуўанышлы тәрепи, усы жылы магистратура бөлиминиң еки студенти журналистика қәнигелиги бойынша Г.Сейтназарова ҳәм қарақалпақ әдебияты қәнигелиги бойынша М. Палымбетовалар мәмлекетлик Президент стипендия ийеси болды. Олар быйыл магистратура бөлимин питкерип атыр.
«Бүгин магистрлик дәрежесин алғанымнан жүдә қуўанышлыман. Бизге билим берген устазларыма өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Келешекте илим жолынан жүрип, жәмийетмиздиң раўажланыўына өзимниң үлесимди қосаман, деп ўәде беремен» деди Гүлжәҳән Сейтназарова толқынланып.
Кеше соңында «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды.



Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында