
Лужэ Хсю (Lure Hsu) жақында 42 жасқа толады. Үйлердиң интерьери менен шуғылланыўшы тайванлы Лужэ соңғы жыллары интернет жулдызына айланды деп хабар берди dailymail ға сүйенип pozitivno.me. Бул ҳаял интернетте ҳәм социаллық тармақларда тез таныла баслады. Instagram социаллық тармағындағы аккаунтында дерлик 302 мың жазылыўшысына ийе, ал Facebookта болса 340 мыңнан да зыят.

Ол жас көриниўиниң тийкарғы себеби сыпатында, көп суў ишиўин ҳәм палыз өнимлерин тез-тезден жегенлигинде деп биледи.
Лужэ ҳеш қашан мазалы ишимликлер ишпейди. Ҳәр күни азанда қара кофе ишкенди унатады. Ол қытай капустасы бок-чойды жақсы көреди.
