Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.04.2018 11:27
  • 1992

Өзбекстан шегарасынан қанша өним алып өтиўге болады?



Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик шегарасындағы автомобиль жолы (пиядалар жолы) өткериў пунктлери арқалы бажыхана шегарасын кесип өткенде 300 АҚШ доллары муғдарына шекем бажыхана төлеми өндирилмейди. Бул ҳаққында Qalampir.uz сайты хабар бермекте.
Физикалық шахслар 300 АҚШ долларына шекемги қунлылықтағы товарларды бажыхана декларациясын толтырмастан алып өтиўи мүмкин. Сондай-ақ, айрым түрдеги товарлар ушын алып өтиўдиң төмендеги нормалары тастыйықланды:
- Гүриш 3кг;
- Нан өнимлери 5 кг;
- Гөш ҳәм гөш өнимлери 2 кг;
- Қумшекер 2 кг;
- Өсимлик майы 2 кг;
- Жаңадан үзилген мийўе-палыз өнимлери, жүзим, палыз, дәнли егинлер, сондай-ақ, қақланған палыз өнимлери ҳәм мийўелер – 40 кг ға шекем;
- Алкоголь өнимлери, соның ишинде пиво 2 литрге шекем;
- Барлық түрдеги темеки өнимлери 10 қутыға шекем;
- Әтир ҳәм усы сыяқлы суйықлықлар 3 данаға шекем;
- Қымбат баҳалы металл ҳәм қымбат баҳалы таслардан исленген зергерлик буйымлары 65 граммға шекем.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...