Фламинго Орта Азия мәмлекетлери ҳәм Өзбекистанның Қызыл китабына кирген тәбийий сийрек, ушып келиўши түр. Ол Phoenicopteridae туқымласындағы ең кең тарқалған түрлерден есапланады. Африкада уялайды, Орта Азиядан тысқарыда - Ҳиндстан, Пакистан, Иран, Турция, Сирия, Египет, Ливия, Тунис, Арабстан, Цейлон, Кипр, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерде қыслайды.

Бул әжайып қустың жасаў орынларына ашық теңиз жағалаўлары, қолтықлар, ири ҳәм сайыз, дузлы суўлы көллер киреди. Фламинголардың жер бетиндеги саны 500 мың әтирапында деп болжанады.
Фламинголар Қарақалпақстанға дәслепки мәрте келиўи емес. Бул қуслар И. Жолдасова ҳәм Г. Матековалардың мағлыўматы бойынша 2004-жылдан баслап турақлы түрде Возрождение атаўында ушырасқан. 2004-жылы 23-мартта Мойнақта, 2007-жылы Аралдың батыс жағасында қуслардың үлкен топары бақланған. 2008-жылы 11-июньда усы жерге жақын балған Семенөзекте 80 қустан ибарат үлкен топары дизимге алынған.
2014-жылы атаўда фламингоның 7 уялаўшы колониясы анықланған. Улыўма барлығы болып атаўда 2985 уя табылып, солардан 2594 уяда мәйек болған. Уялар сол орындағы ылайдан соғылған болып, олар домалақ ҳәм чашка көринисли формаға ийе. Таза мәйеклердиң салмағы 129.7-159.6, орташа – 144.7 грамм.

Фламинго қусының узынлығы – 136.3 см, салмағы 3.6 кг., жайылған қанатының узынлығы – 157.4 сантиметрди қурайды.
Илимпазлар фламингоның Судочье көлине келиўине тийкарғы себеп сыпатында сағақ аяқлы шаянлар - артемиялар ҳәм олардың мәйеклери (цисталар), сондай-ақ, сайыз ҳәм дузлы суўға ийе атаўлар болыўы мүмкин деген пикирлерди билдирмекте.

Соны да айтып өтиў керек, усы күнге дейин әдебиятларда бул сийрек гезлесетуғын қустың Өзбекистанда уялағаны ҳаққында мағлыўмат жоқ еди. Усы бағдарда тереңлестирилген илимий жумысларды белгили орнитолог илимпазлар М. Жуманов, Я. Аметов ҳәм жас илимпазлар И. Арепбаев, А. Жангабаев, С. Тлеумуратовлар жүргизбекте.
Сахибжамал Есемуратова