Telegram karinform

Мәденият

  • 11.07.2017 15:30
  • 2550

Дүньяның сегизинши әжайыбаты ҳаққында билесиз бе?



«Терракота әскери» дүньяның сегизинши әжайыбаты сыпатында белгили. Шыны менен де, бундай жаратылыс сийрек гезлесетуғын көринислердиң бири, деп жазады Massaget.kz басылымы.
«Терракота әскери» - Сиань қаласындағы Цинь Шихуанди императорының қойымшылығы жанында табылған 8099 қытайлы жаўынгер ҳәм олардың атларынан ибарат мүсин-естелик болып табылады. Бул мүсинлер 1974-жылы табылған еди. Оны жергиликли шарўашылық пенен шуғылланыўшы адамлар артезиан қудығын қазып атырғанда тапқан. Тарийхый дәреклерге қарағанда, Цинь Шихуанди тахтқа отырғаннан соң б.э.ш. 246-жылы өзине қойымшылық қурдыра баслайды. Оның ойынша, бул мүсинлер оған келеси өмирде жәрдемши болады. Мүсинлер император қойымшылығының шығыс тәрепинде жайласқан ҳәм бир тегис етип орналастырылған. Бул қойымшылықтың салыныўы 38 жылға созылған.
Мағлыўмат ушын, Цинь Шихуанди Қытайды бирлестирип, Уллы Қытай дийўалының қурылысын ақырына жеткерген.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...