Telegram karinform

Сиясат

  • 06.04.2018 13:51
  • 2157

Жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларының ҳәм илимий изертлеў институтлары илимий хызметкерлериниң мийнет ҳақысы көбейтилди



Усы жылдың 5-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар бермекте.
Қарарға муўапық, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:
- жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларының – базалық лаўазымлық мийнет ҳақысының муғдары орташа 25 процентке ҳәм стажёр-оқытыўшы және илим докторы илимий дәрежесине ийе болған профессор мийнет ҳақысының муғдары арасындағы парқ еки есеге шекем;
- илимий изертлеў мәкемелери илимий хызметкерлериниң – базалық лаўазымлық мийнет ҳақысының муғдары орташа 25 процентке ҳәм стажёр-изертлеўши және илим докторы илимий дәрежесине, сондай-ақ, профессор илимий дәрежесине ийе болған үлкен илимий хызметкер мийнет ҳақысының муғдары арасындағы парқ еки есеге шекем көбейтилди.
Сондай-ақ, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:
- базалық докторантурада оқып атырған шахсларға – киши илимий хызметкердиң лаўазымлық мийнет ҳақысы базалық муғдарына теңлестирилген стипендиялар;
- докторантурада оқып атырған шахсларға – илим кандидаты илимий дәрежесине ямаса илимий атаққа ийе болған жетекши илимий хызметкердиң лаўазымлық мийнет ҳақысының базалық муғдарына теңлестирилген стипендиялар төленеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

    Бостон университети жанындағы медицина мектеби алымлары 30 жасқа шекем туўған ҳаяллардан көре 33 жастан кейин