Сайтымызда «Дияр» орнын «Хабар»ға қайтарып берди» мақаласы шыққаннан соң Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтан бизге «Бурмаласаң гәп қаяққа кетпейди» деген темадағы хат келди. Онда былай делинеди:
«Усы жыл 1-март сәнесинен баслап «Қарақалпақстан» телеканалында «Хабар» информациялық бағдарламасы «Дияр» деген ат пенен шыға баслады. Бир-еки күннен кейин Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы директорының телевидение бойынша орынбасары Назира Жақсымуратоваға қоңыраў етип айттым:
—Нәзийра, «Хабар» бағдарламасы 1964-жылдан берли эфир жүзин көрип киятырған, ҳақыйқый атына сай информациялық көрсетиў ғой, неге оны «Дияр»ға алмастырдыңыз, - дедим. Ол:
—Биз «Өзбекстан-24» каналына ҳәптеге үш мәрте информациялық бағдарлама таярлаймыз. Ҳәмме ўәлаятлар «Дияр» деген ат пенен шығады. Биз усынған бағдарламаны қайта монтажлаўға ҳәм ўақыт, ҳәм қосымша қәрежет кетеди. Соның ушын ислеп едик, - деди.
Жасыратуғыны жоқ, «Дияр» сөзи парсы, араб тиллеринен келген бе, билмеймен. Бирақ, ол бизиңше информациялық характерди бермейди. «Дияр» - үлке, туўған жер деген мәнини аңлатады. Мәселен, «ана диярым», «туўылған диярым» деген сөйлемлер бар.
Мен шайырман, жазыўшы-сатирикпен. Оның үстине узақ жыллар телевидениеде ислегенликтен, «Хабар» бағдарламасы жүрегиме жақын еди. Сонлықтан отырдым да, 7-март күни үш куплет қосық жазып тасладым.
Лекин, оны бөрттирип, оған сиясий мәни берип, интернетте «балалатып» жибереди деген ой үш уйқылағанда түсиме кирген емес. Оған миллет көз-қарасынан емес, ал әпиўайы пуқара сыпатында пикир билдиргенмен. Ырасын айтсам мен интернетти де, компьютерди де түсинбеймен. Телевизордан да «Ахборот-24» ҳәм «Хабар»дан басқа көрсетиўлерди тамашалап отырыўға ўақтым аз.
Бурмалай берсең гәп қаяққа кетпейди? Мен қосықты бурмалаў ушын жазбадым. Ибрайым ағаның «Қойың мүсәпирлик ҳалыма мени» деген қосығына марҳум ағамыздың атынан бир қосық жазған едим.
Мен бел менен сөз қуйысын қазбадым,
Бузып айтыў ушын қосық жазбадым,
Күйгенимнен тирилип кете жазладым,
Қойың мүсәпирлик ҳалыма мени» деген.
Сол айтқандай, мениң дурыс сөзимди «бурыс»қа шығарып, байрақ етпеңлер. Мен өз миллетимди жақсы көремен, лекин, миллетшил де емеспен. Өзбекстандай тыныш-татыў елде жасап атырғанымнан, турмысымыздан жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлардан бахтиярман. Отыз бес жылдан берли мениң шығармаларым изли-изинен өзбек тилинде жәрияланып турыпты. Мениң өзбек әдебиятында уллы устазларым бар, досларым бар, аўдармашыларым бар, олардың кеўлинде надурыс түсиник қалыўын қәлемеймен.
Мениң бул мақалам интернеттен шыққаннан кейин «әне, басым жасап атыр» деген бурмалаўлар да пайда болыўы мүмкин. Әзизлер, сизлерден өтиниш, интернеттен дурыс пайдаланың, ол қәлеген уят-абырайсыз, өсек сөзлерди жазып кете беретуғын, бузылып атырған жайдың гөне дийўалы емес».
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz