Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.07.2017 09:24
  • 2140

Аўылда 650 ден аслам 7 жасқа толмаған балалар бар, бирақ, балалар бақшасы жоқ



Жақын күнлерде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Жолдасбай Абдижамилов Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районында жайласқан «Гүлдирсин» АПЖ ҳәм Сахтиен қаласы аймағындағы халық пенен ушырасты.
Депутат аймақтағы 13-санлы ҳәм 43-санлы улыўма орта билим бериў мектебиндеги шараятлар менен танысты ҳәм 9-класс питкериўшилери менен олардың кәсипке болған қызығыўшылықлары туўралы сәўбетлести. Ушырасыўда 13-санлы мектептиң спорт майданшасында оқыўшылар ушын шараятлардың жетерли екенлиги, бирақ спорт газоны жетиспейтуғынлығы айтып өтилди.



Камил Шарипов сәўбет даўамында аўылда 650 ден аслам 7 жасқа толмаған балалардың болыўына қарамастан, балалар бақшасының жоқ екенлигин айтып өтти.
Депутат спорт майданшасының жанындағы «Гүлдирсин Нафосати» атлы тигиўшилик цехына кирип, ол жердеги шараятларды үйренди. Ол жерде 60 тан аслам адам жумыс пенен тәмийнленген. Ушырасыў даўамында депутаттың қоллап-қуўатлаўы менен коллеж питкериўшилери Шахло Хакимбаева ҳәм Махфира Азатовалар усы тигиўшилик цехына жумысқа жайластырылды.



Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...