Telegram karinform

Спорт

  • 10.04.2018 12:57
  • 1887

Финишке 54 жылдан кейин жеткен япониялы марафоншы ҳаққында билесиз бе?



Дүнья спорты тарийхында қызықлы ўақыялар оғада көп. Гейбиреўлерине исенгимиз келмесе, базыларын еситип таң қаламыз. Усындай ўақыялардың бири япониялы марафоншы Синдзо Канакуридиң аты менен байланыслы.
1912-жылғы жазғы Олимпиада ойынлары Стокгольмде (Швеция) болып өтеди. Дүньяның күшли спортшылары Скандинавия ярым атаўына келе баслайды. Японияда мәмлекетлик басқыштан өткен марафоншы Синдзо Канакури де Швецияға жол алады. Дәслеп кемеде, кейин поезд арқалы 18 күн дегенде Стокгольмге жетип келеди. Узақ жолдан шаршаған спортшының өзине келиўи ушын 5 күн кетеди.
Жарыс күни ҳаўа райы ашық болып, температура 25 дәрежеден жоқары еди. Марафонға қатнасыўшылардың тең жартысы ыссы өтип, жарысты жуўмақлай алмай қалады. Ал Синдзо Канакури болса ярым жолда есинен таңып қулайды. Өйткени, ол булл жерлердиң аўқатларына үйренисе алмаған еди. Оның бахтына, фермерлер оның өмирин сақлап қалады. Бул әўметсизликтен кеўли ўайран болған Синдзо жарыс шөлкемлестириўшилерине ҳеш нәрсе айтпастан, өз елине қайтып кетеди. Ал швед басшылары болса оны бийдәрек жоғалғанлар қатарына киргизеди.



Синдзо Канакури Японияға қайтып келгеннен соң қайтадан жарысқа таярлана баслайды. 1916-жылғы Олимпиадаға да жоллама алады. Бир бул жарыс Биринши жер жүзилик урыс себепли өткерилмей қалады. 25 жаслы марафоншы буның менен де спортты таслап кетпейди. 1920-жылы Анверпендеги (Бельгия) марафонға қатнасып, 16-орынды ийелейди. Ал 1924-жылғы Париж Олимпиадасында финишке жете алмай, жарысты жуўмақлайды.
1967-жылы бийдәрек жоғалған япон марафоншысын тапқан швед телеканалы 1912-жылғы Олимпиададағы жарысын жуўмақлаў ҳаққында усыныс билдиреди. Синдзо буған келисим берип, 54 жыл 8 ай 6 күн 5 саат 32 минут 20,3 секундтан кейин Стокгольм марафонының финиш сызығын кесип өтеди. Бул тарийхый ўақыядан соң спортшы: «Бул – оғада узақ саяхат болды. Жолда мен шаңарақлы болдым, 6 балам ҳәм 10 ақлығым дүньяға келди», - деп айтып өткен.
Ҳәзирги ўақытта күн шығыс мәмлекетинде Синдзо Канакуриди «япон марафонының атасы» деп атайды. Ол 1983-жылы 92 жасында туўылған жери Кумамотода дүньядан өтеди.



2012-жылы Синдзо Канакуридиң шаўлығы Йошаки Курадо Стокгольм марафонына қатнасады. Марафонда атасының өмирин сақлап қалған фермердиң әўладларының үйине арнайы иркилип, тарийхый ўақыяны айтып береди.
Марафон тарийхында қызықлы ўақыялар оғада көп. Мәселен, 1984-жылға шекем марафонға тек ғана еркеклер қатнаса алатуғын болған.
1900-жылы Парижде өткерилген Олимпиадаға 30 марафоншы қатнасып, оның тек ғана 7 еўи финишқа шекем жетип келген. Қалғанлары жолдан адасып кеткен.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин