Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.04.2018 08:53
  • 2245

Журналистлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди

Журналистлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди

2018-жылдың 10-апрель сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында «Мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўында жәмийетлик қадағалаўды орнатыў: журналист жуўапкершилиги ҳәм ҳуқықлары» темасына бағышланған баспасөз конференциясы өткерилди.
Баспасөз конференциясы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети тәрепинен шөлкемлестирилип, онда республикалық ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.

Журналистлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди

«Қарақалпақстан жаслары» газетасының редакторы С.Жаниев «Мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўында газета-журналлардың тутқан роли ҳәм олардың жуўапкершилиги ҳаққында», Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығының орынбасары А.Ембергенов «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы бойынша жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда ғалаба хабар қуралларының тутқан орны ҳаққында», Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Е.Қанаатов «Мәмлекетлик бағдарламаларды жедел әмелге асырыўда Интернет журналистиканың әҳмийети, тараўдың ҳәзирги көрсеткишлери ҳаққында», Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы директорының орынбасары Н.Жақсымуратова «Мәмлекетлик бағдарламалардың әмелге асырылыўында телевидениениң тутқан роли» атамасында баянат жасады. Конференция еркин пикирлесиў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Журналистлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди

Күнниң екинши ярымында пайтахтымыздағы «Муратбек мебель» кәрханасына медиа-тур шөлкемлестирилип, журналистлер кәрхананың турмысы менен танысты.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған