Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.07.2017 16:52
  • 3106

Сүйир шыбын қандай адамларды шағады?



Сүйир шыбын қандай адамларды көбирек шағады? Олар күндиз не ислейди? Усы сыяқлы әпиўайы, бирақ, қызықлы болған сораўларға Massaget басылымы жуўап бериўге ҳәрекет етти.
Мағлыўматта жазылыўынша, сүйир шыбын артықша майы бар ҳәм спортшы адамларды көбирек шағады екен. Спортшылардың қаны таза, өзлери көп терлегиш болады, ал семиз адамларда да холестерин көп болып, олардың тер бөлип шығарыўы да спортшылар сыяқлы болады.
Жер жүзинде сүйир шыбынның 3000 нан аслам түри анықланған. Олар кеште, түнде белсенди болады. Ал күндиз үйге, өсимликлердиң арасына жасырынып, дем алады. Қуяш шығып турғанда ояў жүргенлери басқа жәнликлерге жемтик болады. Сүйир шыбынлар сыртқы көринисине қарай ҳәр қыйлы болады: 12,5 миллиметрден 5 сантиметрге шекем жететуғынлары да ушырасады.



Суйир шыбын шақпайды, ол тек қанды сорыйды. Адамның денесиндеги барлық қанды сорып алыў ушын 1 200 000 сүйир шыбын жеткиликли. Егер усы муғдардағы сүйир шыбын адамға топылса, ол шыдамай қайтыс болыўы мүмкин. Бирақ, бул улыўма абсурд жағдай.



Сүйир шыбын ушын ең жақсы аўқат – кишкене баланың қаны ямаса биринши яки екинши қан группасындағы ересек адамның қаны болып табылады. Және сонысы қызық, сүйир шыбынның тек ғана урғашысы қан сорыйды, ал еркеги өсимликтиң нектары менен азықланады.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...