Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2018 11:41
  • 2161

Президенттиң Виртуал қабыллаўханасына өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша қанша мүрәжат келип түскен?



Әдиллик министрлигиниң хабарнамасында турақ жайды сатып алыў ҳәм қурыўдың нызамлы механизмлери болыўына қарамастан мыңлаған пуқаралар көп жыллар даўамында өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларында нызамсыз жеке турақ жайларды қурғанлығы атап өтилди. Бундай жағдайлардың жүз бериўине жуўапкер болған мәмлекетлик органлар жол қойып бергени, сондай-ақ, фермер ҳәм дийқан хожалықларының тил бириктириўи себепши болды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди.
Нәтийжеде бул машқала пүткил республика бойынша ғалаба түрде ен жайды, бул болса пуқаралардың турақ жайына кадастр ҳүжжетлерин бериў мәселесиндеги мүрәжатлар санының көбейиўине себеп болды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасына 5 мыңнан аслам усындай мүрәжатлар келип түсти.
Усы мақсетте адамгершилик принципинен келип шығып, жойбардың тийкарғы идеясы өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға мүлк ҳуқықын «амнистиялаў» ҳәм пуқараларға тийисли болған турақ жайларды мәмлекетлик дизимнен өткериўде әмелий жәрдем көрсетиў арқалы турақ жайға байланыслы ҳүжжетлердиң әмелге асырылыўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў болып табылады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды