Telegram karinform

Мәденият

  • 16.04.2018 12:24
  • 2437

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Николай Гогольдың аспазлық қәбилети жоқары болған. Римде жасаған ўақтында аспазлардан аўқат писириўдиң сырларын үйренип алып, макароннан ҳәр қыйлы тағамлар таярлап, досларын мийманға шақыратуғын болған.

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Иван Сергеевич Тургеневтиң өлиминен соң қәнигелер оның бас мийин тексерип көрген. Жазыўшының мийи 2,5 килограмм тас басқан. Ал әпиўайы адамлардың мийи 1,5 килограмға шекем болады екен.

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Фёдор Достоевскийдиң минез-қулқы оғада өзгеше болған. Ол уйқышыл адам болып, адамлар уйқылаған ўақытта дөретиўшилик пенен шуғылланған. Оғада сезимтал болған Достоевский көз жасын тыйып тура алмайтуғын, көп жылайтуғын адам болған екен.

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Марк Твен (Сэмюел Клеменс) кроватьта жатып жазыўды унататуғын болған. Ол теңизши болғанлықтан, «Mark twain» - тереңликтиң өлшем бирлигин өзине әдебий лақап етип сайлаған.

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Артур Конан Дойлдың белгили қаҳарманы Шерлок Холмстың прототипи жазыўшының өзи болған. Себеби, жазыўшы өз қаҳарманы сыяқлы оғада ақыллы, тапқыр, дыққатлы болған. Көплеген зыялы адамлар ҳәм ҳүкимет басшылары оның жәрдемине сүйенетуғын болған екен.

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Джек Лондон жазыўды хош көрмейтуғынлығын бәрқулла айтып жүрген, жаслық ўақтында теңиз қарақшыларына қосылып, Беринг буғазы, Аляска, Тыныш океаны ҳәм Япония жағалаўларына саяхат еткен. Келгеннен соң жазған шығармалары Сан-Францискода шөлкемлестирилген очерклер жарысында жеңимпаз болған.

Уллы инсанлар ҳаққында биз билмеген қызықлы мағлыўматлар. 2-бөлим

Бернард Шоу «Оскар» ҳәм «Нобель» сыйлықларының лауреаты болған бирден-бир дөретиўши есапланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...