Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.04.2018 14:42
  • 1925

Турақ жайға мүтәж ҳаял-қызлар ушын берилетуғын арзан турақ жайлардың қаржысы қалай қапланады?



Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толықсыз тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзанластырылған турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында мәлим етилди.
Қарар тийкарында турақ жайға мүтәж ҳаял-қызлар ушын берилетуғын арзан турақ жайлар төлеминиң:
- 25 проценти Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры, талапкер ислеп атырған шөлкем ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклердиң есабынан (басланғыш төлем сыпатында);
- 75 проценти ипотека тийкарында коммерциялық банклердиң жеңилликли кредитлери есабынан қаржыландырылады.
Турақ жайға мүтәж болған ҳаял-қызлар ушын ажыратылатуғын жеңилликли кредитлерди сөндириў:
- талапкердиң өз қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер;
- талапкер кем тәмийинленген, турақлы дәраматқа ийе болмаған ҳәм кредитти қаплаўға мүмкиншилиги жетерли болмаған жағдайда ол жумыс ислеп атырған шөлкем, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, «Мәҳәлле» қайырқомлық қорының қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған