Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.04.2018 12:37
  • 1876

«Камалак билимданлары» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти



Усы жылдың 16-апрель күни Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен «Камалак билимданлары» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы өткерилди.
Онда пайтахтымыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасты.
- Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, балалар шөлкеми жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, балалардың социаллық басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы келешекте елимиздиң раўажланыўы ушын үлкен үлес қосатуғын кадрларды жетилистириўге көмеклесиўден ибарат, - дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев.
Таңлаў жуўмағында, 3-орынды 13-санлы улыўма билим бериў мектеби, 2-орынды 1-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби ҳәм 1-орынды 23-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген командалар жеңип алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.





Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында