Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.04.2018 13:21
  • 1893

Шашыңызға саққыз жабысып қалса не ислеў керек?



Аўқатты тез сиңдириў ушын саққыз шайнаў жақсы, ал саққызды шайнап отырып уйқлап қалыў – оғада жаман әдет есапланады. Егер саққыз шашыңызға жабысып қалса, күн сиз ушын әўметсиз басланады. Көпшилик адамлар бундай жағдайға түскенде қайшы менен шашын қыяды. Бул болса шашыңыздың формасын өзгертип жибереди. Шашыңызға зыян жеткермей, жабысқан саққыздан қутылыўдың бирнеше усылы бар.
Егер саққыз жаңа жабысқан болса, яғный еле жумсақ болған жағдайда тис щёткасына писте пастасын қуйып, жабысқан жерди ысып жибериў керек. Бул усылдан соң саққыз жабысқақлық өзгешелигинен айрылып, ерий баслайды. Сонда тарақтың жәрдеминде суйықлыққа айланған саққызды шаштан алып таслаў аңсат болады. Буннан соң шашты жуўып алыўыңыз керек.
Бундай қыйын жағдайға түсип қалғанда қолланылатуғын және бир усыл – үйдеги аўқатлық ушын пайдаланылатуғын суйық майдан пайдаланыў болып есапланады. Бул усыл да жоқарыда көрсетилген ҳәрекетлер сыяқлы әмелге асырылады.
Суйық майдан тысқары, жабысқан саққызға майонез жағып, оны еритиў мүмкин. Сондай-ақ, дәри қутыңыздан бәрқулла табылатуғын вазелин жәрдеминде де саққызды алып таслаўға болады. Бул усыллардан кейин саққыздың орны да қалмайды. Саққызды еритетуғын тийкарғы суйықлық – өсимлик майлары екенлигин естен шығармаң.
Еритиўден тысқары, саққызды қатырып та, оннан қутылыўға болады. Муз бөлеклерин жабысқан жерге 10-12 минут даўамында басып турсаңыз, қатып қалған саққызды сындырыў аңсатласады.
Халықаралық саққыз ассоциациясының берген мағлыўматларына қарағанда, америкалылар жылына – 182, британиялылар – 125, немислер – 102, қытайлылар – 20 қуты саққыз шайнайды екен.
Мағлыўмат ушын, Әййемги Грецияның халқы аўыздан шығатуғын жағымсыз ийислерден қутылыў ушын ағаш ишинен шығатуғын қарамайды шайнайтуғын болған. Ал европалылар XVI әсирде темеки шөбин шайнаўды әдетке айландырған. Бүгингидей саққызлардың дәслепки көринислери XIX әсирде пайда болған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады (+видео)

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады (+видео)

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина