
Россиялы театр ҳәм кино актрисасы Алиса Фрейндлихты көпшилик «Жумыстағы муҳаббат» («Ишдаги ишқ») фильми арқалы жақсы таныйды.

Бул актрисаның қатнасыўындағы ҳәр бир фильм үлкен жетискенликлерге ерискен. Ал, актрисаның өзи еки мәрте «Алтын нықап» миллий театр сыйлығы менен сыйлықланған.

Актриса усы жылы 83 жасқа толады, оның бир қызы бар. Қызы Варвара анасының жолын даўам еттирип, бүгинги күнде оның менен биргеликте театрда жумыс ислемекте.

Сахибжамал Есемуратова