
YouGov халықаралық изертлеў компаниясы дүньядағы ең қәдирли ер адамлар менен ҳаяллардың рейтингин ислеп шықты. Ең қәдирли ҳаяллар дизимин Анджелина Джоли баслап тур, деп хабарлады segodnya.ua.
Дүньяның ең қәдирли ҳаялы рейтингинде дүньяға белгили актриса ҳәм режиссёр Анжелина Джоли 8,2% даўыс пенен, ал екинши орынды Мишель Обама (8,0%), үшинши орынды болса, белгили тележурналист Опра Уинфри (7,1%) ийелеген. Сораўнамаға 35 мәмлекеттен 37 мыңнан аслам адам қатнасқан. Төменде толық рейтинг менен танысыўыңыз мүмкин.

Сахибжамал Есемуратова