«Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди, деп
хабар бермекте «Инсон ва қонун».
Нызам тийкарында Мийнет кодексиниң 78-статьясына қосымша киргизилип, шахстың алдын судланғанлығы (нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди) ямаса жақын ағайин-туўысқанларының судланғанлығы мүнәсибети менен жумысқа қабыл етпеўди бийкарлаўшы норма орнатылды.
Бул нызам жойбары Әдиллик министрлиги тәрепинен нызамшылықта шахсты жақын ағайин-туўысқанларының ямаса өзиниң судланғанлығы мүнәсибети менен жумысқа қабыл етиўден бас тартыў тәртиплери анық белгиленбегенлиги, пуқаралардың мийнет етиў ҳәм еркин кәсип таңлаў ҳуқықын толық әмелге асырыўға тосқынлық етип атырғаны себепли ислеп шығылған еди.
2016-жылдың өзинде Әдиллик министрлигине жақын ағайин-туўысқанларының ямаса өзиниң судланғанлығы мүнәсибети менен жумысқа қабыл етиў бийкарланғанлығынан соң наразы болып 33 мүрәжат келип түскен.
Бул норма усы жылдың 19-апрель сәнесинен баслап күшке кирди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.