«Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам тийкарында «Журналистлик хызметти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызам 7-1-статья менен толықтырылды. Сондай-ақ, 16-статьяда көрсетилген нормалар нызамның 2-статьясына көширилгени себепли алып тасланды. Бул ҳаққында «Инсон ва қонун» сайты
хабар бермекте.
Нызамның цензураға жол қойылмайтуғынлығы ҳаққындағы 4-статьясы жаңа редакцияда берилген:
«Өзбекстан Республикасында ғалаба хабар қуралларының цензура етилиўине жол қойылмайды. Ҳеш ким журналисттен жәрияланып атырған хабарлар ямаса материаллардың алдын ала келисип алыныўын, сондай-ақ, олардың текстиниң өзгертилиўин ямаса пүткиллей жәриялаўдан алып тасланыяын (эфирге берилмеўин) талап етиў ҳуқықына ийе емес».Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.