Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2018 13:34
  • 1715

Журналист надурыс информация тарқатса, қандай жағдайда жуўапкер болмайды?



«Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам тийкарында «Журналистлик хызметти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызам 7-1-статья менен толықтырылды. Сондай-ақ, 16-статьяда көрсетилген нормалар нызамның 2-статьясына көширилгени себепли алып тасланды. Бул ҳаққында «Инсон ва қонун» сайты хабар бермекте.
Нызамның 15-статьясында журналисттиң жуўапкершилиги мәселеси сәўлеленген болып, атап айтқанда, нызамның екинши бөлиминде қандай жағдайларда журналист жуўапкер болмайтуғынлығы бойынша норма белгиленген.
«Журналист ғалаба хабар қуралларында ҳақыйқатқа сәйкес келмейтуғын материалларды тарқатқаны ушын төмендеги жағдайларда жуўапкер болмайды:
- егер бул мағлыўматлар рәсмий хабарлардан, ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерден ямаса рәсмий статистикалық есаплардағы мағлыўматлардан ямаса мәлимлеме агентликлери яки мәмлекетлик ҳәкимият және басқарыў органларының баспасөз хызметлери арқалы, сондай-ақ, олардың рәсмий веб-сайтларынан алынған болса;
- егер бул мағлыўматлар алдын ала жазып алынбастан эфирге берилетуғын авторлық шығыўларда болса ямаса шығып сөйлеўлердиң сөзбе-сөз тәкирарланыўы (стенография, аудио-, видеожазыўы) болса».

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...