Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.04.2018 12:50
  • 2049

Қытықлаған ўақытта адамлар не ушын шоршынып кетеди?



Илимпазлар қытықлаған ўақытта адамның шоршыныўы ямаса қорқыўы тәбийғый қубылыс екенлигин, бул рефлекс ата-бабаларымыздан қан арқалы өтип киятырғанын айтады. Бул қәбилет адамларға жәнликлерден, насекомалардан қорғаныўға мүмкиншилик береди. Егер жәнликлер шағып алса, қыйын аўҳалға түсип қалыў да мүмкин. Базылары зәҳәрли болыўы да мүмкин. Ал қытық адамларға тез ҳәрекетленип, қорғаныўға имканият береди. Қытықлаған ўақытта көпшилик адамлар ҳәз етип күледи. Бундай ўақытта күлкиниң узақ ўақыт сақланып турыўы териниң сезимталлығы менен байланыслы болады. Мәселен, балалардың терилери ересек адамларға қарағанда 5 есе нәзик ҳәм жуқа болады. Сол себепли, олар оғада сезгир болады. Жаңа туўылған балаларды гейде қытықлап турыў керек екен. Өйткени, бул ҳәрекет арқалы күлки рефлекси қәлиплеседи. Усылайынша бала күлиўди үйренеди.
Қытықлаў организмде аўырлық пайда етеди, күлки усы аўырлықты жоқ етеди, деген гипотеза да бар. Сонлықтан, қытықлаған ўақытта адам ериксиз күледи ҳәм организминиң жумысын жеңиллетеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Уқсас жаңалықлар

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады (+видео)

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады (+видео)

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

    2025-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан поезд билетлери баҳалары қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темиржоллары» акционерлик жәмийети

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер