Telegram karinform

Мәденият

  • 25.04.2018 12:01
  • 2345

Қуран оқыў жарысының Жоқары орын ийеси, қарақалпақстанлы 23 жаслы қарый ҳаққында не билесиз?

Қуран оқыў жарысының Жоқары орын ийеси, қарақалпақстанлы 23 жаслы қарый ҳаққында не билесиз?

24-апрель күни Өзбекстанда өткерилген Қуран оқыў жарысының Республикалық басқышы жуўмағына жетти. Онда ҳифз ҳәм тиләўат бағдарында жеңимпазлар анықланды. Соның ишинде, жарыстың жоқары орын ийесиниң аты мәлим болды – қарақалпақстанлы Йўлдошбек қарый Нуриддинов. Kun.uz сайтында оның өмирбаяны менен байланыслы мағлыўматлар жәрияланды.

Қуран оқыў жарысының Жоқары орын ийеси, қарақалпақстанлы 23 жаслы қарый ҳаққында не билесиз?

Нуриддинов Йўлдошбек Иброҳим улы 1995-жылы 9-январьда Қарақалпақстан Республикасы Хожели районының Кенегес аўылында дүньяға келген.
Қуран бойынша дәслепки билимин Қарақалпақстанның Беруний районында жасайтуғын Неъматуллаҳ қарый Әминжан ийшаннан алған. 2001-2010-жыллары улыўма билим бериў мектебинде, 2010-2014-жыллары Нөкис қаласындағы Әл-Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам оқыў орнында билим алған. Дәслепки Қуран қатымын 2004-жылы Рамазан айында Нөкис қаласындағы «Имәм ийшан Муҳаммед» жәмәәтлик мешитинде орынлаған.
2015-жылдан бүгинги күнге шекем имәм Бухарий атындағы Ташкент Ислам институтының студенти.

Қуран оқыў жарысының Жоқары орын ийеси, қарақалпақстанлы 23 жаслы қарый ҳаққында не билесиз?

Қолға киргизген табыслары:
- 2008-жылы өспиримлер арасында өткерилген шахмат турнириниң аймақлық басқышында қатнасқан;
- 2008-жылы «Камалак» балалар шөлкеми тәрепинен өткерилген «Алға сәрдарлар» жарысының аймақлық басқышында қатнасқан;
- 2011-жылы XXI республикалық Қуран оқыў жарысының жеңимпазы;
- 2012-жылы XXII республикалық Қуран оқыў жарысының жеңимпазы;
- 2013-жылы Кувейт мәмлекетинде болып өткен 4-айланымдағы халықаралық Қуран оқыў жарысында жақсы қатнасып, күшли онлықтан орын ийелеген;
- 2016-жылы Ташкент Ислам институтында өткерилген «Қуран зыяпаты» таңлаўының жеңимпазы;
- 2016-жылы Ташкент Ислам институтында өткерилген дәслепки азан айтыў жарысының жеңимпазы;
- 2018-жылы «Өзбекстан Қуран оқыў жарысы-2018»диң абсолютлик жеңимпазы, жоқары орын ийеси.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...