Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.07.2017 16:22
  • 10320

Қарақалпақ тили «грубый» емес!!!



«Айтатуғын пикирлеримди ойымда ойлап турман, бирақ, сөз бенен жеткерип бере алмай турман», «Қарақалпақ тилинде пикиримди толық аңлатыўым қыйын. Қарақалпақша сөзлер аз», «Қарақалпақ тили сулыў емес», «Сөзлеримиз дым грубый» деген гәплерди есите берип, есите берип, ақыры усы мақаланы жазыўға бел байладым. Екинши жағынан, бул материалды жазыўыма жөнелисли таксидеги мына ўакыя себепши болды. Бир үлкен ҳаял (ойлаўымша, оның миллети қарақалпақ) «Дамас»тың артқы тәрепинде отырып, шофёрдың қасындағы танысы менен сөйлесип киятыр екен. Мен ярым жолдан миндим. Олар бир тема дөгерегинде сөйлесип киятырған қусайды. Гәптен гәп шығып, олардың әңгимеси қарақалпақ тилиндеги астарлы сөзлер, қыртымай гәплерге барып тақалды. Ақыры биреў-биреўине қарап, «Қарақалпақ тили өзи сондай – грубый. Және сөзлеримиз қулағымызға әжептәўир болып еситиледи. Оннанша, қазақ я өзбек тили сулыў я?!» деп бир-бирин мақуласып қойды. Мен олардың әңгимесине араласыўды мақул көрмей отырып едим, бирақ, олардың ақырғы гәпи мени сөйлеўге мәжбүр етти.
«Апа, «қарақалпақ тили сулыў емес» деп надурыс пикир жүргизип атырсыз. Тил ҳешқашан сиз айтқандай «грубый» болмайды. Сөйлеп атырған адамлардың өзлери «грубый», - дегенимди билемен, мәнзилиме бараман дегенше мениң менен айтысып, мени «бәле»дей көрип келди.
Ана тили – миллеттиң айнасы деймиз. Өйткени, ол миллеттиң өзине тәнлигин, келбетин ҳәм сулыўлығын көрсетип береди. Ҳеш бир тил «сулыў емес» ямаса «грубый» болмайды. Тилде айып жоқ, айып – адамлардың өзинде.
Биз өз ана тилимиз ҳаққында усылай пикир жүргизер екенбиз, басқа миллетлердиң бизлерди ҳүрмет етиўин талап етиўимизге ҳақымыз жоқ. Өзимизди-өзимиз жерге урып турсақ, ким бизди ҳүрмет етеди?! Солай екен, миллет, оның менталитети, миллий өзине тәнлиги ҳаққында сөз болғанда айып тағыў, жерге урыў орынсыз, деп ойлайман.

Ислам МАТЕКОВ.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...