1922-жылы шөлкемлестирилген Уллы Британияның ең белгили BBC агентлиги дүнья көлеминде информация жеткерип бериўде дәслепки орынларды ийелеп келмекте.
Бүгинги күнге шекем Өзбекистан бул халық аралық агентлик пенен шәртнама дүзбеген еди. Усы жылдың 18-июль күни Өзбекистан Электрон ғалаба хабар қураллары Миллий ассоциациясы журналистлери, Журналистлерди қайта таярлаў халық аралық жәмийетшилик орайы, ЮНЕСКО ўәкиллери BBC агентлигиниң Лондондағы бас имаратында мийманда болды деп хабар берди qalampir.uz. сайты.
Бул сапардан тийкарғы мақсет журналистика тараўында тәжирийбе алмасыў, шәртнама дүзиў деп хабар берди, Жәҳән тиллери университети халық аралық журналистика факультетиниң оқытыўшысы Беруний Алимов.
Бул шәртнамадан соң журналистика тараўында келешекте үлкен өзгерислер болыўы мүмкин.
Сахибжамал Есемуратова