Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2018 20:38
  • 1792

ҚМУда академик Шавкат Аюпов пенен ушырасыў болып өтти

ҚМУда академик Шавкат Аюпов пенен ушырасыў болып өтти

Соңғы жыллары елимизде илимге ҳәм илимпазларға көп итибар қаратылмақта. Оларға илимди раўажландырыў, жаңалықлар жаратыў ҳәм мүнәсип шәкиртлерди таярлаў ушын имканиятлар жаратылған. Бундай имканиятлардан пайдаланыў ҳәм жаслардың илимге деген қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде орынларда академик ҳәм профессорлар менен ушырасыўлар өткерилмекте. Усындай ушырасыўлардан бири 2018-жылдың 27-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында болып өтти. Академик Шавкат Аюпов Абдуллаевич пенен ушырасыўды университет ректоры Ахмед Реймов алып барды.

ҚМУда академик Шавкат Аюпов пенен ушырасыў болып өтти

Илим ҳәм техника тараўында биринши дәрежели мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы И.В.Романовский атындағы математика институты директоры Шавкат Аюпов пенен ушырасыўға университеттиң физика-математика факультети студент жаслары, магистрантлар, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейиниң оқыўшылары қатнасты.
Дәслеп профессор бүгинги күндеги илимге, илимпазларға деген итибар, олар ушын жаратылған имканиятлар, қоллап-қуўатлаўлар ҳаққында студент жасларға айтып берди. Оннан соң студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Математик алым, 1995-жылдан берли Өзбекстан Илимлер академиясы академиги, физика-математика илимлериниң докторы, профессор Шавкат Аюпов бүгинги күнге шекем Өзбекстан Илимлер академиясы математика институтында үлкен илимий хызметши, алгебра ҳәм анализ бөлими баслығы, директор орынбасары ҳәм директор, Өзбекстан Республикасы Жоқары аттестациялық комиссиясы баслығы лаўазымларында ислеген. Оның тийкарғы илимий мийнети функционал анализ ҳәм оның заманагөй тармақларынан бири есапланған операторлар алгебралары теориясы менен байланыслы.

ҚМУда академик Шавкат Аюпов пенен ушырасыў болып өтти

ҚМУда академик Шавкат Аюпов пенен ушырасыў болып өтти

Академик ҳәм профессорлар менен бундай ушырасыўлардың тез-тезден өткерилип турылыўы жасларды және де руўхландырады, олардың илимге деген қызығыўшылығын арттырыўға жәрдем беретуғыны сөзсиз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында