Telegram karinform

Мәденият

  • 01.05.2018 13:32
  • 1831

Қарақалпақстанда 19-май күни «Мафтун бўлдим» музыкалы комедиясының премьерасы болып өтеди



Алдын хабар етилгениндей, «O`zbekkino» Миллий агентлиги «Dono Productions» кинокомпаниясы менен биргнеликте буннан 60 жыл бурын дөретилген өзбек киносының ғәзийнелеринен бири – «Мафтунингман» музыкалы комедиясының бүгинги заманагөй вариантын – «Мафтун бўлдим» фильминиң сүўретке алыў жумысларын белгили режиссёр Абдувоҳид Ғаниевтың басшылығында сәтли жуўмақлады.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларында усы фильмниң премьерасы болып өтпекте. Хош, премьера Қарақалпақстан Республикасында қашан болып өтеди? Бул бағдардағы сораўымызға «O`zbekkino» Миллий агентлигиниң хызметкери, премьераны шөлкемлестириў топарының ағзасы Н.Аҳмедов төмендегише мағлыўмат бермекте, деп жазылған Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети тарқатқан хабарда.
– Елимиз бойлап талантлыларды излеп табыў процесинде Өзбекстанның бийбаҳа миллий көркем өнерин, мәдениятын, үрп-әдетлерин, халық дөретиўшилигин ҳәм әжайып тәбиятын толығы менен сәўлелендириўге бағдарланған идеяны өзинде жәмлеген усы фильмниң премьерасы Қарақалпақстан Республикасында 19-май күни болып өтеди. Бәршеңизди премьераға мирәт етемиз.
Мағлыўмат ушын, бул жойбар Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен елимизде туризмди раўажландырыў мақсетлерине толық сәйкес түрде, атап айтқанда, гөззал ҳәм бийтәкирар Өзбекстанның жамалын дүньяға рәң-бәрең реңлерде көрсетиў, сырт елли мийманлардың Ўатынымыз ҳаққындағы көз-қарасларын жаңалаў, бул арқалы шет елли туристлерди елимизге тартыў мақсетинде әмелге асырылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал