Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2018 13:34
  • 1997

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәр айда бийпул азық-аўқат ҳәм кийим-кеншек бериледи



Президент қарары тийкарында Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, конслагерлердиң тутқынлары, Ленинград блокадасы ўақтында жумыс ислеген пуқараларға айлық бийпул азық-аўқат өнимлери ҳәм кийим-кеншек, жеке гигиена қураллары бериледи. Бул ҳаққында Телеграмдағы Davletovuz каналына тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.
Оған муўапық, бир адамға ҳәр айда 3 килограмм ун, 1 килограмм гүриш, 0,5 килограмм гречка, 0,5 килограмм макарон, 1 килограмм сом гөш, 1 килограмм таўық гөши, 0,2 килограмм сарымай, 15 дана мәйек, 1 килограмм қумшекер, 1 литр май, 0,2 килограмм чай, 0,1 туалет сабыны, 0,2 килограмм хожалық сабыны, 0,15 килограмм кир жуўыў унтағы, 8 дана жөргек бериледи.
Сондай-ақ, еркеклерге костюм, куртка, бас кийим, қысқы аяқ кийим, жеңил аяқ кийим, ыссы ишки кийим, бир данадан свитер, сорочка, еки данадан ишки кийим, төрт жуп шулық, ҳаялларға – ыссы көйлек, пальто, қысқы ҳәм жазғы орамал, қысқы аяқ кийим, жеңил аяқ кийим, жеңил көйлек, ыссы ишки кийим, бир данадан свитер, еки данадан ишки кийим, төрт данадан чулки бериледи.
Хабарда жазылыўынша, бул имканиятлар усы жылдың 1-октябрине шекем әмел етеди.
Бул жумыслар «Нураный» қоры тәрепинен әмелге асырылады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин