Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.07.2017 17:20
  • 2382

«Муз диетасы» ҳаққында еситтиңиз бе?



Бул диетаны Уллы Британия денсаўлықты сақлаў тараўының илимпазы Пета Бин ойлап тапқан. Мағлыўматларға қарағанда, ол Брайан Си Вайнердиң муз жәрдеминде аздырыў усылларын жақсы өзлестирген ҳәм оның мағлыўматларын толықтырып, «Муз диетасы» деген китабын баспадан шығарады. Олар азыў ушын күнине бир литр муздай суў ишиўге әдетлениў кереклигин айтады. Китапта жазылыўынша, асқазанға түскен муздай суўды нормал жыллылыққа келтириў ушын организм көп күш жумсайды ҳәм сол себепли организмде майдың муғдары азая баслайды.

Муз диетасының баслы 5 усылы төмендегише:

1. Қандай мәўсим болса да, жеңил кийимлерди кийиң. Үйде ямаса жумыста кондиционерди 18-20 градус салқынлыққа қойыўдан қорқпаң.
2. Салқынлатылған бөлмеде уйқлаң. Түнде айна ҳәм есиклерди ашып жатың. Адам организми 24-26 градус жыллылыққа үйренген. Усы температураға үйренип қалғанымыз ушын, организм артықша күш жумсамайды. Салқын болса, керисинше, артықша күш жумсап, майларды бөлеклерге бөледи.
3. Күн ыссы болса да, салқын болса да бөлмени салқынлатып турың. Бул иммунитетке де унамлы тәсир етеди.
4. Дәслеп жыллы суў менен, изинен салқын суў менен жуўының.
5. Азанда ерте турып, жаяў жүриўди әдет етиң, бул бас мийиңизге ҳәм аяғыңызға да пайдалы.

Ескертиў: «Муз диетасы»н қолланыўдан алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиў керек.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...